TB PRACTECAL
TB PRACTECAL – дәриге турақлы өкпе туберкулези (ДТ-ТБ) менен кеселленген наўқасларға қысқа мүддетли, жеңил қабылланатуғын ҳәм нәтийжели емлеў усылын излеўге қаратылған, II/III фазалы, ағла клиникалық изертлеў жойбары.
Ярым әсир даӯамында туберкулезға қарсы биринши жаңа дәрилер пайда болыў мүмкиншилигинен пайдаланып, Шегарасыз шыпакерлер шөлкеми (MSF) Лондон Гигиена ҳәм Тропикалық медицина мектеби, медицина тараўында дүнья бойлап жетекшилик қылып атырған басқа шөлкемлер, ҳәм де тийисли илажлар көриўи ушын, усы кеселликтен көп жәбир көрип атырған мәмлекетлердиң денсаўлықты сақлаў министрликлери менен шерикшилик орнатты.
Биргеликте олардың гөзлеген бир үлкен мақсети: ДТ-ТБ менен кеселленген жүз мыңлаған наўқаслар өмирин сақлап қалыў ҳәм де глобал кризиске алып келип атырған емлеӯдеги қорқынышлы бослықты толтырыӯ. Буған ерисиў ушын:
- халықаралық стандартларға жуўап беретуғын клиникалық изертлеў жәрдеминде, ДТ-ТБ менен кеселленген наўқасларға қысқа мүддетли, нәтийжели ҳәм жеңил қабылланатуғын емлеў усылын анықлап бериўге ҳәрекет етиў керек
- Жақында ислеп шығылған емлеў схемасын қабыл етиў жолы менен дүньяның барлық жериндеги ДТ-ТБ наўқасларға жол ашып бериўин жақлаў, егер табыслы болса, бул емлеў схемасын мәмлекетлер миллий протоколына, глобаллық сиясат ҳәм қолланбаларға киритиўди қоллаў.
Басланғыш нәтийжелер, бедаквилин, претоманид, линезолид ҳәм моксифлоксацин (bedaquiline, pretomanid, linezolid, moxifloxacin: BPaLM) дәрилеринен ибарат, алты ҳәптелик, толық перорал (аўыз арқалы қабыллаў) болған жаңа емлеў режими, наўқасларды емлеўде, ҳәзирде қабылланған стандарт емлеў режимлерине салыстырғанда қәўипсизирек ҳәм нәтийжелирек екенин көрсетип атыр. Изертлеў бойынша 2022-жылдың август айына шекем наўқасларды емлеў ҳәм бақлап барыўды даўам етеди, ал изертлеў ислерин жуўмақлаў 2022-жылдың декабрь айына режелестирилген.
Жаңартылған сәнеси
Жаңа Англия Медицина журналында “New England Journal of Medicine” баспадан шыққан нәтийжелер, бедаквилин, претоманид, линезолид ҳәм моксифлоксацин (bedaquiline, pretomanid, linezolid, moxifloxacin: BPaLM) дәрилеринен ибарат, алты айлық, толық перорал (аўыз арқалы қабыллаў) болған жаңа емлеў режими, дәриге турақлы туберкулезды (ДТ-ТБ) емлеўде, ҳәзирде қабылланған стандарт емлеў режимлерине қарағанда қәўипсизирек ҳәм нәтийжелирек екенин көрсетип атыр.
TB PRACTECAL изертлеў мүддетлери ҳәм нәтийжелериниң кестеси менен танысып шығыў
2022-жыл 15-декабрьде Дүнья жүзлик денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ДЖДСШ) ДТ-ТБны емлеў бойынша жаңартылған қолланбаны жәриялады. Енди көп дәриге/рифампицинге турақлы ТБ (КДТ/РТ-ТБ) менен аӯырған инсанларды әмелдеги узақ даўам ететуғын емлеў режимлериниң орнына: BPaLM (бедаквилин/претоманид/линезолид/моксифлоксацин) ҳәм BPaL (бедаквилин/претоманид/линезолид) емлеў режимлерин бағдарламалы қолланыў усынылған.
Бизиң мақсетимиз – жыйналған дәлиллерден тийисли илажлар ислеў ҳәм имканы болғанынша тез арада усы жаңа емлерди буған мүтәж инсанларға инам етиўди даӯам еттириӯ.
Жақында жаңаланған ДЖДСШның ДТ-ТБ еми бойынша жәмленген қолланбасы тийкарында, бизлер TB PRACTECAL клиникалық изертлеў барысында бул режимлерди қалай қолланғанлығымыз ҳәм енгизиўде олар нени аңлатыўы мүмкинлиги ҳаққында мағлыўматлар менен тәмийинлеўди мақсет еткенбиз.
Қолланба топламы бир қанша орынларға ҳәм тиллерге масластырылыӯы мүмкин болған материаллардан ибарат. Егер сиз өзиңизге қолайлы ҳеш зат табалмаған болсаңыз, яки көбирек мағлыўмат алмақшы болсаңыз, төменде байланысыӯ ушын мағлыӯматлар берилген ҳәм биз сизге жәрдем бериўге ҳәрекет етемиз.
Мағлыўматлар сизге пайдалы болды деп үмит етемиз ҳәм сизиң тутқан орныңызға қарамастан, қалдыратуғын пикирлериңизди қәдирлеймиз.
BPALM/BPAL ды ӘМЕЛИЯТҚА ЕНДИРИӮ БОЙЫНША БАҒДАРЛАМА ТОПЛАМЫ
Бағдарлама топламының материаллары: пайдаланыӯшы қолланбасы, наӯқас қағаз бети, буклет ҳәм флипбук
TB PRACTECAL клиникалық изертлеӯи ҳәм оның қалай өткерилгенлиги ҳаққында
- ДЖДСШның туберкулёзды емлеӯ бойынша қолланбалар жыйнағы. 4-Модул: Емлеӯ – дәриге турақлы туберкулёзды емлеӯ, 2022-жыл жаңаланды
- MSF тиң медициналық қолланбасы: 10-Бап: Көп дәриге турақлы ҳәм рифампицинге турақлы туберкулёзды емлеӯ.
Биз бенен байланысыў: tb-practecal@london.msf.org
2017 жыл Январь айы, изертлеў басланғанлы бери алты изертлеӯ орайы ҳәм бир қосымша орай жаратылды:
- Нөкис, Өзбекстан, Январь 2017
- Ташкент, Өзбекстан, Январь 2019
- Минск, Белорусия, Декабрь 2017
- Дорис Гудвин емлеўханасы, Квазулу-Натал, Қубла Африка Республикасы, Ноябрь 2018
- Бағыныңқы орын: THINK клиникалық изертлеў бөлими, Хиллкрест (рәсмий Дон Маккензи), Квазулу-Натал, Қубла Африка Республикасы, Октябрь 2018
- Хелен Джозеф емлеўханасы, Йоханнесбург, Қубла Африка Республикасы, Декабрь 2019
Патша Динузулу емлеўханасы, Квазулу-Натал, Қубла Африка Республикасы, Ноябрь 2019
II-III фаза клиникалық изертлеўи
TB PRACTECAL – бул кѳп дәриге турақлы ѳкпе туберкулези (КДТ-ТБ) менен кеселленген ересек наўқасларға арналған қысқа мүддетли, қәўипсиз, нәтийжели ҳәм жеңил қабылланатуғын жаңа емлеў режимин анықлаўға қаратылған көп орайлы, көп топарлы, ашық, рандомизациялық, бақлаў астындағы, II-III фазалы изертлеў жойбары есапланады.
Жаңа кеңисликлер ашыў
Наўқасқа қаратылған емлеӯ түрлерин анықлаў мүмкиншилигин имканы барынша асырыӯ ҳәм алға илгерилеўди тезлетиў дүзилисин ислеп шыққан ҳалда, ислемекши болып атырғанымыз:
- Көп үмитли, туберкулезге қарсы жаңа дәрилер класынан болған еки препарат: диарилхинолинлар ҳәм нитроимидазолларды бириктириў. Бул емлеўди толығы менен жақсылаў имканиятын арттырады.
- Дәри қабыллаў ўақтын кескин қысқартыў ушын алты айлық режимди анықлаӯ
- Алға илгерилеўди тезлетиў ҳәм жаңа режимниң ең мүтәж наўқаслар ушын сәйкес келетуғынлығына исеним пайда етиў ушын исенимге ерисилген ҳәм сәйкеслесип барыўшы изертлеӯ дизайнынан пайдаланыӯ
Изертлеӯдиң биринши басқышында қурамында жаңа дәрилер, бедаквилин ҳәм претоманид дәрилери болған емлеӯ режимлери 8 ҳәптелик емлениўден соңғы қәўипсизлик ҳәм нәтийжелилик бойынша жуўмақларға тийкарланып кейинги баҳалаӯ ушын анықланды.
Изертлеўдиң 2020-жылы ноябрь айында басланған екинши басқышында, 18 айда ең нәтийжели болып табылған жаңа емлеў режимлериниң қәўипсизлиги ҳәм нәтийжелилиги бойынша баҳаланады. Буны, клиникалық изертлеӯде бақлаў топары сыпатында алынған, Дүнья жүзлик ден-саўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен усынылған ҳәм жергиликли орынларда қолланылып атырған стандарт емлеӯ менен салыстырған ҳалда алып барады.
Хельсинки Декларациясы ҳәм халық аралық клиникалық әмелиятлар стандартларына толық жуўап берген ҳалда, TB PRACTECAL изертлеў жойбары түп-тийкарында наўқастың мүтәжликлери ҳәм қәўипсизлиги нәзерде тутылған.
Изертлеўдеги жаңа, перорал (аӯыз арқалы) қабылланатуғын аз санлы дәрилерден (иньекциясыз) қуралған алты ай даӯамында қабылланатуғын емлеў режимлери ең бириншиден, ДТ-ТБ менен кеселленген наўқаслардың мүтәжлигин тәмийинлеӯ мақсетинде ислеп шығылды.
Бул наўқасларда ушрасатуғын кери тәсирлердиң кемирек болыӯына ҳәм соның себебинен үй шараятында емлениў барысы бираз қолайлы өтиўине үмитлендирди.
Қалаберсе, бул емлениў режимлери, ең әззи топарлардан болған, АИВ инфекциясы менен жүрген ҳәм ДТ-ТБ менен қосымша кеселленген адамлар ушын қәўипсиз ҳәм нәтийжели болыўы тийис.
Егер жойбар табыслы шықса, бул киби жаңа емлеў усылы жасаӯ жағдайы төмен ҳәм орташа, дәриге турақлы өкпе туберкулези эпидемиясынан көп жәбир көрген мәмлекетлерде емлеў хызметиниң кескин асыўына мүмкиншилик жаратады. Ал профилактиканың ең жақсы көриниси есапланған бул емлениў ДТ-ТБ глобаллық кризисине бурылыс жасаӯға жәрдем бериӯи мүмкин.
Изертлеў жойбары ҳәр контекстке қолайлы дәрежеде сәйкеслестирилген, кең көлемли стратегия ҳәм мәмлекет дәрежесиндеги режелерге ийе әҳмийетли саналатуғын жәмийетшилик пенен ислесиӯ компонентин өз ишине алады.
Оптимал актуаллықты тәмийинлеў ушын изертлеў жойбары өз ишине,ҳәр контекстин кең көлемли стратегия ҳәм мәмлекет дәрежесиндеги режелерге сәйкеслестирген ҳалда, әҳмийетли болған жәмийет пенен байланыс сақлаў компонентин өз ишине алады.
Оның негизинде «барлық тәреплердиң мәплерин есапқа алған ҳалда, этикалық ҳәм илимий тәреплерине қатаң әмел еттип, пайдалы, өз-ара ҳүрмет пенен беккем ҳәм ашық-айдын шерикшилик жаратыў» жатыр.
Усы мақсетте, TB PRACTECAL умтылады:
- Мәпдар тәреплер менен сәўбет орнатыў, ашық қатнас қурыў мақсетинде билимлер ҳәм пикирлер менен алмасыў, жергиликли мәплерди есапқа алып, өз-ара түсиникти раўажландырып ҳәм изертлеў алып келетуғын пайдалы тәреплерин ҳәм актуаллығын оптималластырыў.
- Изертлеўди этикалық ҳәм илимий тәртиплерге әмел етиўин қоллап-қуӯатлаӯын тәмийинлеў ушын, нәтийжели шериклик ислеринде белсенди қатнасыўы ушын, адамлардың имканиятын, билим ҳәм тәжирийбелерин беккемлеў мақсетинде, изертлеў туўралы мәпдар тәреплерге түсиник бериӯ ҳәм оларды мағлыўматлардан хабардар етиӯ ушын тийкар жаратыў.
- Изертлеўдиң табыслы алып барылыўы ушын, ашық айдын, өз-ара ҳүрмет тийкарында, өнимдарлы шериклик қатнас орнатыў мақсетинде, изертлеў барысы даўамында мәпдар тәреплер тийисли дәрежеде мәлимленип барылыўын ҳәм тийисли ҳуқық, ўәкилликлер менен тәмийинлеў.
Ҳәмме клиникалық изертлеӯдеги киби, жаңа бирикпелер менен белгиленип атырған жаңа емлениў усылынан пайдаланыўға байланыслы салмақлы тәўекел бар болады.
Изертлеӯ жоқары дәрежели бийликке ийе болған Мағлыўматлар ҳәм Қәўипсизлик Мониторинг Аўқамы (Data and Safety Monitoring Board) тәрепинен бақланып барылып, наўқаслардың қәўипсизлиги, изертлеўдиң илимий ҳәм этикалық тәрептен жоқары стандартларға мас келиўи тәмийинленеди.
Басқарыў
TB PRACTECAL изертлеўи бойынша күнделикли ис-илажлар Шегарасыз шыпакерлер шөлкеми Амстердам Операцион Орайы жәмийетлик ден-саўлықты сақлаў Басқармасына (MSF Operation Centre Amsterdam Public Health Department) қараслы болған, Уллы Британия Шегарасыз шыпакерлер шөлкеминиң Мэнсон бөлиминде (Manson Unit at MSF UK) жайласқан, Жойбарларды басқарыў топары (Project Management Team) тәрепинен жүритиледи.
Сыртқы ҳәм ғәрезсиз болған Мағлыўматлар ҳәм Қәўипсизлик Мониторинг Аўқамы (Data and Safety Monitoring Board) наўқаслар қәўипсизлиги ҳәм мағлыўматлардың исенимли қорғалыўы бойынша ең жоқары стандартларға жуўап бериўин тәмийинлейди.
Этикалық тәрепинен қадағалаў
Клиникалық изертлеӯ қатнасыўшыларының ҳақ-ҳуқықлары қорғалыўына, қәўипсизлиги ҳәм аманлығы тәмийинлениўине ғәрезсиз болған Этикалық мәселелер бойынша аўқамлар (ERBs) жуўап береди.
Олар изертлеў барысының ҳәр басқышы менен жақсылап танысып шыққаннан кейин изертлеӯди баслаӯ мүмкин яки мүмкин емеслигин шешеди. Изертлеӯ орайында наўқасларды қабыллаӯды басламастан алдын Этикалық мәселелер бойынша аўқам (ERB) изертлеўге байланыслы барлық материаллар, соның ишинде, изертлеӯ протоколы ҳәм наўқасларға арналған материалларды көрип шығады. Қалаберсе, изертлеў даўамында Этикалық мәселелер бойынша аўқам (ERB) ўақты-ўақты менен бақлаўлар алып барады.
TB PRACTECAL этикалық мәселелер бойынша төмендеги ғәрезсиз аўқамлар тәрепинен тастыйықланды:
- Шегарасыз шыпакерлер шөлкеми (MSF) Этикалық мәселелер бойынша аўқамы
- Лондон Гигиена ҳәм Тропикалық медицина мектеби (LSHTM) Бақлаўшы / эксперименталь изертлеўлер этикалық мәселелери бойынша комитети
- Өзбекстан: Өзбекстан Республикасы Ден-саўлықты сақлаў Министрлиги жанындаға Этикалық мәселелер бойынша комитети
- Белорусия: Республикалық Пульмонология ҳәм Туберкулез Илимий ҳәм Әмелий Орайы Институтының Этикалық мәселелер Комитети
- Қубла Африка Республикасы: Ғәрезсиз Фармакология изертлеў Этикалық мәселелер Комитети
- Қубла Африка Республикасы: Витватерсранд Университети, Йоханнесбург, Инсан медициналық изертлеў Этикалық мәселелер Комитети
Әҳмийетли структуралар
Жойбарларды басқарыў топары жумысларына Басқарыўшы Комитет (академиялық ҳәм санаат) ҳәм сыртқы Илимий Мәсләҳәт Комитетлери басшылық етеди. Мағлыўматлар ҳәм Қәўипсизлик Мониторинг Аўқамы (Data and Safety Monitoring Board) қәўипсизликти тәмийинлеўди бақлайды.
Тѳмендеги дизимлерди ашып ҳәр бир структура қатнасыўшыларын көриўиңизге болады.
Берн-Томас Ньянгва (Bern-Thomas Nyang’wa), бас изертлеўши
Берн (MB; BS, MPH [Int]) денсаўлықты сақлаў тараўында халық аралық тәжирийбеге ҳәм КДТ-ТБ бойынша кең билимге ийе болған Малавили жәмийетлик шыпакер. Д‑р Ньянга Шегарасыз шыпакерлер шөлкеми (MSF) менен 2004-2008 жыллар аралығында Малави, Нигерия, Чад ҳәм Орайлық Африка Республикаларында жумыс иследи.
2009-жылдан берли Уллы Британия Шегарасыз шыпакерлер шөлкеминиң Мэнсон бөлими қурамында туберкулезге қарсы гүресиў бағдарламалары бойынша, әсиресе, тереңрек, Колумбия, Грузия, Абхазия, Өзбекстан, Тәжикстан, Эфиопия ҳәм Орайлық Африка Республикалары еллериндеги балаларды ҳәм ДТ-ТБ наўқасларларды бағдарламалы емлеў бойынша мәсләҳәтлер берип келмекте.
Ол Лондон Денсаўлықты сақлаў ҳәм Тропикалық Медицина мектебинде ҳәм Наффилд Халық аралық Ден-саўлықты сақлаў ҳәм Раўажланыў Орайында лекциялар оқыйды. Лондон Университет Колледжиниң Глобал Денсаўлықты сақлаў институтында сыйлы клиникалық лектор болып есапланады.
Берн ҳәзирде Шегарасыз шыпакерлер шөлкеминиң Амстердам Оператив Орайы (Operational Centre Amsterdam) медициналық директоры.
Эмиль Казунис (Emil Kazounis), Жойбар басшысы ҳәм клиникалық изертлеў менеджери
Эмиль Медициналық аўқатланыў ҳәм жәмийетлик ден-саўлықты сақлаў қәнийгелигин оқыған, ҳәм Уллы Британия Ден-саўлықты сақлаў Миллий Хызметинде (UK NHS) жети жыллық жумыс тәжирийбесине ийе.
Эмиль ертеректе Уллы Британияның биринши Қан раки кеселлигин изертлеў тармағын (Blood Cancer Research - Clinical Trial Network) жаратты ҳәм басқарып барды. Булар өз гезегинде, Евро Аўқамы Рамкалы бағдарламасы (EU Framework Programme) жойбарларын ҳәм Индияда ҳәм Камбоджада, жергиликли өткерилген бир неше клиникалық изертлеўлерди басқарыў бойынша қосымша тәжирийбелер берди.
Коринн Мерл (Corinne Merle), Клиникалық изертлеӯ изертлеӯшиси
Дүнья жүзлик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Тропикалық кеселликлер изертлеўлерин алып барыў ҳәм кадрлар таярлаў бойынша Арнаўлы бағдарламасы (Special Programme for Research and Training in Tropical Diseases at the World Health Organisation – TDR-WHO) шеңберинде, Коринн дәраматы төмен ҳәм орташа еллерде алып барылып атырған изертлеў жойбарларын техникалық қоллап-қуўатлап турады.
Коринн III фаза туберкулезди дизимге алыў көп орайлы изертлеў (OFLOTUB) жойбарына клиникалық изертлеў координаторы сыпатында салмақлы тәжирийбелерге ийе шыпакер есапланады.
Жәмийетлик ден-саўлықты сақлаў қәнийгеси сыпатында 15 жылдан аслам халықаралық ис тәжирийбесине ийе. Коринниң ҳәзирги жумысы RAFA изертлеўиниң басқарыӯшы бас изертлеӯшиси болыӯдан (туберкулез/АИВ емлеў стратегиясы – ашық деп белгиленген изертлеўдиң үш параллель емлеӯ топарлары), ТКӘ-ХГК (GCP-ICH) стандартларына сай, халықаралық көп топарлы клиникалық изертлеўлер (Бенин, Сенегал, Гвинея) жаратыӯ ҳәм оларды алып барыўшы қәнигелер таярлап шығарыўдан ибарат.
Жуқпалы кеселликлер ҳәм жәмийетлик ден-саўлықты сақлаў бойынша таярлықлардан өткен қәниге болған ҳалда, ол лекциялар оқыў ҳәм аспирантларды клиникалық сынақларға таярлаў бойынша узақ дәўирли тәжрийбеге ийе, Лондон Гигиена ҳәм Тропикалық медицина мектебинде (LSHTM) ҳәм Европа, Азия, Африка жерлериндеги басқа шөлкемлерде клиникалық тәжирийбеге, статистикалық ҳәм эпидемиологиялық жақсы көрсеткишлерге ийе.
Рэймонд Омолло (Raymond Omollo), Мағлыўматларды басқарыў бөлими басшысы
Рэймонд клиникалық изертлеўдиң ҳәр қыйлы басқышларындағы мағлыўматлар ҳәм статистиканы басқарыў бойынша өзиниң 10 жыллық тәжирийбеси менен әмелий статистика тараўында илимий докторлық дәрежесине ийе.
Ҳәзирги ўақытта ол Африкадағы Бақлаўсыз кеселликлер ушын дәри-дармақлар Инициативасының (Drugs for Neglected Diseases Initiative - DNDi) Мағлыўматлар ҳәм статистика Орайына басшылық қылады.
Джордж Мокуа Ньянгвесо (George Mokua Nyangweso), Мағлыўматлар бойынша менеджер
Джордж DNDi ARO ға Шегарасыз шыпакерлер шөлкеми жойбарларына Мағлыўматлар бойынша Аға менеджери болып қосылды.
Жақында ғана, DNDi ге келемен дегенге шекем, Джордж Кенияның Килифи қаласында Kemri-Wellcome Trust изертлеў бағдарламасында мағлыўматлар бойынша менеджер болып иследи. Оның жумыс тәжирийбеси көплеген даӯамлы, басқышлары кесилисетуғын изертлеӯ жойбарларын ҳәм клиникалық изертлеӯлер мағлыӯматын басқарыӯды өз ишине алады.
Джордж Джомо Кениатта университетиниң (Jomo Kenyatta University) математика ҳәм компьютер илимлери бойынша бакалавр дәрежесине ийе ҳәм ден-саўлықты сақлаўға байланыслы изертлеўлер мағлыўматларын басқарыў бойынша көп түрдеги 8 жыллық тәжирийбелерин алып келди.
Майкл Очиенг (Michael Ochieng), Информациялық системалар бойынша менеджер
Майкл Бақлаўсыз кеселликлер ушын дәри-дармақлар Инициативасының (DNDi) Африка Аймақлық Бөлиминиң (ARO) информациялық системалар бойынша менеджери болып, клиникалық мағлыўматларды басқарыў системаларын орнатыў ҳәм басқарыўға жуўап береди.
Ол жақында Оксфорд Университетинде жайласқан Жуғымлы кеселликлер мағлыўматлар обсерваториясында (Infectious Diseases Data Observatory - IDDO) Дүнья жүзлик ден-саўлықты сақлаў шөлкеминиң Тропикалық кеселликлер бойынша оқыӯ курсы (TDR) - кәсипти раўажландырыў стипендиал бағдарламасын жуўмақлады.
Дэвид Тревино (David Trevino), Материал-техникалық тәмийинлеў
Дэвид Барселонада Архитектура қәнигелигинде оқыған ҳәм Шегарасыз шыпакерлер шөлкеминде логистика бойынша 22 жыллық ис тәжирийбесине ийе. Ол Грузияда, Танзанияда, Руандада, Гватемалада, Мексикада, Сьерра-Леонеде, Кенияда, Сомалиде, ОАР, Ҳиндистанда, Пакистанда, Колумбияда, Албанияда ҳәм Гондураста жумыс ислеген.
Ол ҳәзирги ўақытта Чад, Россия Федерациясы, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Папуа-Жаңа Гвинея еллерине биринши линиялық материал-техникалық затлар жеткерип бериўге жуўап береди.
Эрик Квизера (Eric Kwizera), Материал-техникалық тәмийинлеў
Эрик 10 жыллық тәжирийбеси менен биомедициналық инженерлик бойынша билим көнликпелерге ийе. Ол өзиниң ҳәзирги биомедицина ҳәм суўытыў бойынша мәсләҳәтши жәрдемшиси лаўазымында ислеймен дегенге шекем, ақырғы 6 жыл даўамында OCA медициналық қурылмаларды басқарыў миссияларын қоллап, биомедицина бойынша ушып жүриўши мәсләҳәтшиси лаўазымында жумыс алып барды. Шегарасыз шыпакерлер шөлкемине қосылмасынан алдын Эрик Руандада, мәмлекетлик емлеўханалардағы медициналық қурылмаларды бақлап барыўшы биомед болып иследи.
Марион Кониин (Marion Coniin), Материал-техникалық тәмийинлеў
Марион Кониин бирнеше дәриханаларда фармацевт жәрдемшиси болып жумыс ислеген. Шегарасыз шыпакерлер шөлкеминде ислеймен дегенге шекем IDA Foundation коммерциялық емес шөлкеминде сатыўды қоллаў бойынша координатор болып жумыс ислеген. Шегарасыз шыпакерлер көп жыллардан бери тығыз шерикшиликте ислеп киятырған бул шөлкем Марион талабанлығын усынды.
2017-жылдың апрель айынан баслап Марион Клиникалық изертлеў топарына Оператив қәрежетлер исшиси болып қосылды. Ол дәрилер, лабораториялық ҳәм логистикалық материаллар бойынша буйыртпаларды ислеп шығыў, сатып алыў ҳәм жеткизип бериўге жуўапкер.
Генри Сантана (Henry Santana), Лаборатория/Биомед тараӯы қоллап-қуӯатлаӯ мәсләҳәтшиси
Сантана 2019-жылдың март айында 3-дәрежели техникалық жәрдем көрсетиў менен Клиникалық Изертлеў Командасына қосылды. Ең биринши гезекте Нөкистеги Лаборатория бойынша, лабораторияның толық искерлигин тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығарыўшылар, лаборатория исшилери, жеткизип бериўшилер ҳәм биомедтехниклер арасында байланыс орнатады.
Кэтрин Филдинг (Katherine Fielding), Жетекши статистик/ Лондон Гигиена ҳәм Тропикалық медицина мектеби (LSHTM) бас изертлеӯшиси
LSHTM Медициналық статистика ҳәм эпидемиология профессоры, Кэтрин, 20 жыллық пост‑докторлық тәжирийбеге ийе болған, соның ишинде Кеселликлер бойынша бақлаў ҳәм профилактика Орайында (Centre for Disease Control and Prevention - CDC) еки жыл ҳәм LSHTM да мирәт етилген биостатистик сыпатында 15 жыллық тәжирийбелерге ийе биостатистик есапланады.
Ол 10 жыл даўамында туберкулез ҳәм АИВ кеселликлери бойынша шуғылланыўшы аспирантларға басшылық еткен ҳәм туберкулезге байланыслы 8 изертлеўде биостатистик болған.
Ҳәзирги ўақытта Кэтрин тағы басқа туберкулезге қарсы дәрилер бойынша үш түрли тийкарғы клиникалық изертлеўлер (ReMox, Rifaquin, суртпе нәтийжеси позитив жаңа туберкулез наӯқасларға қаратылған, 4 емлеў режиминен ибарат MAMS-изертлеўи) бойынша Мағлыўматлар ҳәм Қәўипсизлик Мониторинг Аўқамы қурамында қатнасады, туберкулез/АИВ байланыслы басқа да кең көлемли изертлеўлерде жетекши статистик болып есапланады. Туберкулез бойынша көплеген илимий мақалалар ийеси.
Мэтт Додд (Matt Dodd), Статистик
Мэтт Лондон Гигиена ҳәм Тропикалық медицина мектеби Медициналық статистика бөлими илимий исшиси.
Ол рандомизациялық қадағалаӯ астындағы клиникалық изертлеўлер, соның менен бир қатарда нәтийжелилиги төмен емес ҳәм кластерли рандомизациялық изертлеўлер мағлыўматларын басқарыў ҳәм статистикалық анализлер бойынша арнаӯлы билимин береди.
Паскаль Жоливе (Pascal Jolivet), Клиникалық Изертлеў лабораториясы координаторы
Паскаль гематология бойынша ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда жумыс алып барған, соңында медициналық биологияда жуўмақлаған анализлери бойынша тәжирийбелерге ийе. 8 жыл даўамында Бретани (Bretagne), Кемпер қаласында (de Quimper) жайласқан, Арқа Францияда үлкен есапланған «Centre Hospitalier Intercommunal» емлеўханасы лабораториясында басшылық еткен.
Паскаль TB-PRACTECAL топарына 2019-жылдың ноябрь айында қосылды. Ҳәзирги Мэнсон бөлиминдеги орнында ислеймен дегенге шекем, ол Шегарасыз шыпакерлер шөлкеминде 4 жыл жуқпалы кеселликлер (Hep C, туберкулез, АИВ, малярия) бойынша, бактериология, қан қуйыў ҳәм улыўма лаборатория (серология, биохимия, гемотология, сапа көрсеткишин қадағалаў) орынларында Дала лабораториясы басшысы, Сапа қадағалаў бойынша мәсләҳәтши ҳәм Мали, Кения, Азия еллеринде (Камбоджа, Бангладеш, Папуа-Жаңа Гвинея, Филиппин ҳәм Пакистан) Аймақлық техник референт болып жумыс иследи.
Эрин да Коста (Erin da Costa), Клиникалық изертлеў фармацевти
Эрин Лондон Гигиена ҳәм Тропикалық медицина мектебинде (LSHTM) Раўажланып атырған мәмлекетлерде жәмийетлик ден-саўлықты сақлаў бойынша магистр дәрежесине ерисемен дегенге шекем бес жыл даўамында Канадада клиникалық емлеўхана фармацевти болып жумыс ислеген.
Ол MSF шөлкемине Амстердамда Фармацевт мәсләҳәтшиси болып қосылды. Оның ўазыйпасы барлық MSF Голландия миссиялары бойынша фармацевтикалық өнимлерди сыпатлы жеткизип бериўди ҳәм ислетиўди тәмийинлеўден ибарат.
Кэтрин Берри (Catherine Berry), Глобаллық бас изертлеўши
Кэтрин – ишки медицина тараўында 12 жылдан аслам клиникалық тәжирийбелерге ийе шыпакер-инфекционист (FRACP). Жәмийетлик ден-саўлықты сақлаў ҳәм тропикалық медицина бойынша магистр дәрежесине ийе болғаннан соң, 2014-жылы, Өзбекстан ҳәм Иорданияда ислеп жүргенинде MSF шөлкемине қосылды. Ол қосымша, Ньюкасл Университетинде (University of Newcastle) оқытыўшы.
Ол изертлеўге координаторлық етиў бойынша ҳәм КДТ-ТБ наўқасларды емлеў бойынша бай тәжирийбелерге ийе.
Илария Мотта (Ilaria Motta), Медициналық монитор
Илария шекленген ресурслар шараятында АИВ ҳәм туберкулез наўқасларды емлеў бойынша тәжирийбели шыпакер-инфекционист.
2011-жылы ол Тропикалық медицина ҳәм гигиена бойынша диплом (DTM&H) алды. Жақында туберкулезге қарсы дәрилердиң фармакокинетикасына арналған философия докторлығы бойынша илимий жойбарын жуўмақлады.
2015-жылы Орайлық Африка Республикасы MSF шөлкеминде шыпакер болып жумыс иследи.
Натали Лашенал (Nathalie Lachenal), Фармакологиялық бақлаў хызметкери
Натали 7 жылдан бери фармацевтика санаатында ҳәр қыйлы терапевтикалық тараўларда (нейро-/иммунологиялық кеселликлер, онкология) фармакологиялық бақлаўда ислеп киятыр.
Ол MSF ке TB-PRACTECAL ҳәм End-TB изертлеў жойбарларын алып барыўда дәрилердиң кери тәсирин анықлаўшы, мониторинг жүргизиўши, бақлап барыўшы ҳәм профилактика алып барыўшы арнаўлы фармакологиялық бақлаў системасын жаратып берди.
Никола Джеймс (Nicola James), Клиникалық изертлеў бойынша Аға жүритиўши
Никола TB-PRACTECAL ға 2020-жылдың Февраль айында қосылды. Ол тийкарынан Қубла-Шығыс Азия еллери бойынша, оператив изертлеўлерге координаторлық етиў ҳәм клиникалық сынақларды қоллаў бойынша тәжирийбелерге ийе. Оның изертлеў тараўы дәриге турақлы малярия ҳәм басқа жуқпалы кеселликлерге қаратылған болып, олар LSHTM, MOTMRU (Mahidol-Oxford Tropical Medicine Research Unit), Миграция ислери бойынша Халық аралық Шөлкемлерине арналған.
Шарлотта Баттс (Charlotte Batts), Клиникалық Изертлеў жойбары администраторы
Шарлотта MSF ке 2020-жылдың августында қосылды. TB-PRACTECAL жәмәәтине қосыламан дегенге шекем жумыс орны Виктория ҳәм Альберт музейинде болып, ол жерде V&G East шөлкеминиң еки үлкен капитал жойбарлары: Stratford Waterfront Museum ҳәм Коллекцияларды изертлеў Орайы жойбарларын жүргизди. Буған шекем ол Финанс ҳәм ресурс ислери бойынша Директор орынлаўшы Асистенти болып, ҳәм Санлы технология, коммерция ҳәм көргизбелер Директоры болып ислеген. Тағы, ол Патшалық Миллий ортопедиялық емлеўхана Қорында (Royal National Orthopaedic Hospital Trust) Терапия бөлими директорларын қоллап ҳәм бир неше ИТ ҳәм медициналық жазыўлар бойынша жойбарларды басқарып барды. Тарийх илимлерии бакалавр дәрежесине ийе.
Шон Кинг (Seán King) – Биомедицина ҳәм суӯық шынжыр бойынша мәсләҳәтши, логистикалық қоллап-қуӯатлаӯшы
Шон машинасазлық бойынша оқыды ҳәм 2013-жыл MSFке қосылмастан алдын 10 жыл даӯамында медициналық әспаблар, автомобилсазлық ҳәм жоқары көлемде ислеп шығарыӯ санаатында иследи. Ол 2016-жылы клиникалық изертлеӯ топарына қосылды ҳәм изертлеӯ даӯамында (2016/2017-жыллар аралығында) биринши қатар логистикалық қоллап-қуӯатлаӯға жуӯапкер, соның менен бирге (2016-жылдан клиникалық изертлеӯдиң ақырына шекем) биомедицина ҳәм суӯық шынжыр бойынша мәсләҳәтши болды. Ол өзиниң мәсәҳәтши лаӯазымынан бир жыл дем алысқа шығып, еки клиникалық изертлеӯ орайы жайласқан Өзбекстанда (2020/2021 жыллар аралығында) логистика координаторы сыпатында жумыс алып барды.
Берн-Томас Ньянгва (Bern-Thomas Nyang’wa) (Баслық), Медициналық директор, Амстердам Оператив Орайы, MSF
Мелисса Макрей (Melissa McRae), алдынғы Медициналық директор, Амстердам Оператив Орайы, MSF
Дэвид Мур (David Moore), Жуқпалы кеселликлер ҳәм тропикалық медицина профессоры, Лондон Гигиена ҳәм Тропикалық медицина мектеби (LSHTM)
Коерт Ритмейер (Koert Ritmeijer), Ден-саўлықты сақлаў бойынша мәсләҳәтши координатор, Амстердам Оператив Орайы, MSF
Фил дю Крос (Phil du Cros), Жуқпалы кеселликлер бойынша қәнийге, Бернет Институты
Мел Шпигельман (Mel Spigelman), Президент ҳәм Бас атқарыўшы директор, TB Alliance
Юджин Сун (Eugene Sun), Аға вице-президент, TB Alliance
Мороунфолу Олугбози (Morounfolu Olugbosi), Аға директор, Global Alliance Туберкулезге қарсы дәри ислеп шығыў бөлими, TB Alliance
Роберт Хорсбург (Robert Horsburgh) (Баслық), Эпидеиология профессоры, Бостон Жәмийетлик ден-саўлықты сақлаў университет мектеби (Boston University School of Public Health)
Эрик Нуэрмбергер (Eric Nuermberger), Медицина доценти, Жуқпалы кеселликлер бөлими, Медицина Департаменти, Джон Хопкинс университети
Грэм Мейнтьес (Graeme Meintjes), Медицина ҳәм Жуқпалы кеселликлер кафедрасы доценти, Кейптаун Университети
Кэтлин Айзенах (Kathleen Eisenach), Патология ҳәм Микробиология профессоры, Арканзас Медицина илимлери Университети
Кристиан Лиенхардт (Christian Lienhardt), Глобал туберкулегеа қарсы гүресиў бағдарламасы, Дүньяжүзлик ден-саўлықты сақлаў шөлкеми
Эндрю Нанн (Andrew Nunn), Директор орынбасары ҳәм Инфекцияларды үйренип шығыў кафедрасы Баслығы, Медициналық изертлеўлер Кеңесиниң Клиникалық сынақлар Бөлими (MRC CTU), Лондон университет колледжи
Кристоф Ланге (Christoph Lange), Клиникалық жуқпалы кеселликлер бөлими Баслығы, Борстел изертлеў Орайы, Лейбниц атындағы биомедициналық изертлеўлер Орайы
Майкл Хьюз (Michael Hughes) (Баслық), Биостатистика профессоры, Гарвард Жәмийетлик ден-саўлықты сақлаў Мектеби
Пайам Нахид (Payam Nahid), Жеңил ҳәм интенсив терапия медицинасы бөлими профессоры (Калифорния Университети) ҳәм UCSF туберкулез Орайы Директоры. Алдынлары туберкулезге қарсы жаңа дәри-дәрмақлар ҳәм емлеў режимлери бойынша Дүнья жүзлик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Арнаўлы топарына басшылық еткен.
Джонстон Кумвенда (Johnstone Kumwenda), Ишки медицина профессоры, Медицина колледжи, Малави Университети
Суман Маджумдар (Suman Majumdar), Ден-саўлық қәўипсизлиги бағдарламасы бойынша Директор орынбасары ҳәм Бернет Институтының Туберкулезди жоғалтыў бойынша илимий орынлаў Топары басшыларынан бири
Тодд Лоренц (Todd Lorenz), Clinical Development/Medical Affairs/Scientific Licensing Consultant
Халықаралық шерикшилик
TB-PRACTECAL жетекши изертлеўши ҳәм Изертлеў қәўендери сыпатында Шегарасыз шыпакерлер шөлкеминиң (MSF) ДТ-ТБ емлеўде топлаған үлкен көлемдеги тәжирийбелерине, нәтийжелерине, инновацияларына таянады. MSF буларды жәбирленген мәмлекетлер Ден-саўлық министрликлери, Лондон Гигиена ҳәм Тропикалық медицина мектеби (LSHTM) ҳәм басқа да медициналық изертлеўлер ҳәм инновациялар бойынша глобал жетекшилик етип турған шөлкемлер менен шерикшиликте алып барады.
Шегарасыз шыпакерлер шөлкеми – Médecins Sans Frontières (қәўендер)
ЛОНДОН ГИГИЕНА ҲӘМ ТРОПИКАЛЫҚ МЕДИЦИНА МЕКТЕБИ
ТУБЕРКУЛЕЗГЕ ҚАРСЫ ДӘРИ ЖАРАТЫЎ БОЙЫНША ГЛОБАЛ АЛЬЯНС (TB ALLIANCE)
БАҚЛАЎСЫЗ КЕСЕЛЛИКЛЕР УШЫН ДӘРИ-ДАРМАҚЛАР ИНИЦИАТИВАСЫ (DNDi)
ШВЕЙЦАРИЯ ТРОПИКАЛЫҚ ҲӘМ ЖӘМИЙЕТЛИК ДЕН-САЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ ИНСТИТУТЫ
ТУБЕРКУЛЕЗ ҲӘМ АИВ ҮЙРЕНИП ШЫҒЫЎ ТАРМАҒЫ (THINK)
WITS HEALTH CONSORTIUM, АИВ КЛИНИКАЛЫҚ ИЗЕРТЛЕЎ БӨЛИМИ
Hackensack Meridian Health
КАЛИФОРНИЯ УНИВЕРСИТЕТИ, САН-ФРАНЦИСКО
ПОЧТА КОДЛАРЫ МИЛЛИЙ ЛОТОРЕЯСЫ (NATIONAL POSTCODE LOTTERY)
TDR, ТРОПИКАЛЫҚ КЕСЕЛЛИКЛЕР БОЙЫНША ИЗЕРТЛЕЎШИ ҲӘМ ОҚЫТЫЎШЫ АРНАЎЛЫ БАҒДАРЛАМА